Гүз басланыўы менен елимизде аўыл хожалығы егинлерин жыйнап алыў жумыслары қызғын басланып кетеди. Әсиресе, аймақларда мәмлекетимиз экономикасында айрықша орынлардың бирин тутатуғын пахтаны жыйнап терип алыў ислерине аўыл халқының қызығыўшылығы жоқары.

Хожели районындағы Саманкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Midasiatex cluster” жәмийетинде пахта жыйын-теримине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Оған райондағы сектор басшылары, отряд ҳәм фермер хожалығы баслықлары қатнасты.

Онда район ҳәкими Ж.Ермашев, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы жылы пахтаны қысқа мүддетте жаўын-шашын күнлерге қалдырмай жыйнап алыў, теримшилерге қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша отряд баслықларының ўазыйпалары келисип алынды.

Соңынан отряд баслықларына пахта теримин дурыс шөлкемлестириў бойынша көргизбели мәсләҳәтлер берилди ҳәм қатнасыўшылар ушын дәстурхан жайылып, концерт бағдарламасы қойылып берилди.


Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, быйылғы жылы район аймағындағы фермер хожалықлары тәрепинен 6000 гектарға шигит егилип, бул пахтаны жыйын-терип алыў ушын 95 отряд шөлкемлестирилди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы