Республикамызда пахта жетистириўде тәрезиде тасы басым Әмиўдәрья районында быйылғы жылғы жыйын-терим жумысларының басланыўына бағышланған илаж болып өтти.

Райондағы “Бекман Алламберганов” фермер хожалығында болып өткен илажда райондағы секторлардың басшылары, аўыл хожалығының жуўапкерлери, пуқаралар жыйынларының, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының, мапаз даўамында хызмет көрсетиўши шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Быйылғы жылы ерте бәҳәрде райондағы жуўапкершилиги шекленген жәмийет формасындағы “Amudaryotex” сырт ел кәрханасы  пахта-тоқымашылық кластери менен шәртнама дүзген 348 фермер хожалығының жәми 13 мың  900 гектар майданына шигит егилген еди. Бүгинги күнге келип фермерлердиң машақатлы мийнетиниң нәтийжесинде мол зүрәәт топланды. Олар быйылғы жылы 44 мың 650 тонналық бәлент қырман жаратыўды мақсет етпекте.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, дийқанлар тәрепинен жетистирилген өнимди сепситпестен жыйнап алыў бүгинги күнниң баслы ўазыйпасы болып табылады.  Сонлықтанда жыйын-терим жумысларын үлгили шөлкемлестириў, теримшилер ушын орынларда зәрүр шараятларды жаратыўға айрықша итибар берилиўи керек.

Районда быйылғы жылдың жыйын-терими ушын 310 терим отряды шөлкемлестирилди. Оларға жәми 25 мың 682 теримши қатнастырылып, ҳәр бир отрядқа  82 теримшиден туўра келеди. Соннан 6670 теримши пахта-тоқымашылық кластери ҳәм фермер хожалықларының жумысшылары есапланады.

Есап-санақларға қарағанда ҳәр бир теримши күнине орташа 50 килограммнан пахта терсе, бир күнде 1 мың 284 тонна пахта терилип, белгиленген реже 34 жумыс күнинде орынланады. Районда пахта териминиң пулларын өз ўақтында төлеп барыў ушын банк хызметкерлери бириктирилди. Сондай-ақ қабыллаў пунктлеринде өрт қәўипсизлигин сақлаў қағыйдалары тийкарында жумыс алып барылып, фермер хожалықлары тәрепинен алып келген пахталарды иркинишсиз қабыл етиў, теримшилерди атыз басында ыссы аўқат пенен тәмийинлеў ҳәм басқада илажлар көрилмекте.


Жыйын-терим мапазының басланыўына бағышланған илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.


Қарақалпақстан хабар агентлиги