Өзбекстан-АҚШ денсаўлықты сақлаў ҳәптелиги шеңберинде өткерилген әнжуманда Өзбекстан – АҚШ медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери, медицина орайлары ҳәм фармацевтика кәрханалары арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды.

Соның ишинде, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў орайы ҳәм Темпл университети арасында меморандумға қол қойылды.

Меморандум шеңберинде оқытыўшылар ҳәм кадрлар, илимий излениўшилер ҳәм питкериўши студентлер сондай-ақ, илимий материаллар, мақалалар ҳәм илимий мағлыўматлар алмасыўы әмелге асырылады.

Сондай-ақ, биргеликте бағдарламалар, илимий конференция ҳәм изертлеўлер алып барыўға келисип алынды.

М.Қосимова,

ӨзА