Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жыллары мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып мәҳәллелердеги объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул илажлардың орынланыўын қадағалап барыў мақсетинде Сенат ағзалары орынларға шығып, ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнатын жақсылаў, социаллық тараў объектлерин оңлаў бағдарындағы жойбарлардың орынланыў барысын үйренбекте.

Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Батыр Мәтмуратов басшылығындағы жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған жумыслар менен танысты ҳәм жергиликли халық пенен пикирлести.

Бозатаў районында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысылды. Кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында «Жаңа Мойнақ» атлы китап-альбомның прзенетациясы да болып өтти.

Атап өтилгениндей, бул китап-альбомда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Мойнақ районында өткен қысқа ўақыт даўамында әмелге асырылған үлкен қурылыс жумыслары, халықтың турмыс тәризиндеги унамлы өзгерислер өз көринисин тапқан.

Сенатор райондағы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны «Акеден» аўылы аймағында қурылып атырған 200 орынлық санатория ҳәм 60 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылысы менен танысты. Ол жерде шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылып, жуўапкерлерге тийисли пикир-усыныслар берилди.

Буннан тысқары, сенатор халықтың шаңарақларына барып, жағдайды үйренип, зәрүр илажлар көрди. Ҳәзирги ўақытта райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы А.Ниетбековтың шаңарағында қәўендерлердиң жәрдеминде толық оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Сенаторлардың аймақлардағы үйрениўлери даўам етпекте.

ӨзА