«Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жумысын және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты етип қайтадан шөлкемлестирилди.

Институттың тийкарғы ўазыйпаларынан бири саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жуқпалы болмаған кеселликлерге қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў болып есапланады.

Пәрманға бола, төмендегилер ислеп шығылады:

2024-2026-жылларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, дурыс аўқатланыў системасын ислеп шығыў ҳәм ен жайдырыў бағдарламасы;

2023-жылдың ақырына шекем «Халық саламатлығы – 2030» миллий стратегиясы.

2026-жылдың ақырына шекем медициналық қамсызландырыў республика бойынша толық енгизиледи.

2024-жыл 1-январьдан Министрлик жанында төмендегилерди бирлестириў арқалы юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Медицинаны раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қорының жумысы жолға қойылады:

— Онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған наўқаслардың денсаўлығына жәрдемлесиў қоры;

— Тез медициналық жәрдемди раўажландырыў қоры;

— Қәбилетли ҳәм тәжирийбели медициналық қәнигелерди қоллап-қуўатлаў ҳәм медициналық орынларға шақырыў қоры;

— Спинал булшық ет атрофиясы анализи қойылған наўқас балаларды қоллап-қуўатлаў қоры.

2024-жылдың 1-январынан Денсаўлықты сақлаў мнистрлиги орайлық аппараты системасында Медицинаны раўажландырыў қоры дирекциясы шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги