Бүгин Ташкентте Өзбекстан-АҚШ денсаўлықты сақлаў ҳәптелиги басланады. 9- сентябрьге шекем даўам ететуғын Ҳәптелик даўамында медицинаныӊ бир қатар бағдарлары бойынша Қурама Штатлар стандартлары тийкарында алдынғы көзқарас ҳәм тәжирийбелерди мәмлекетимиз медицинасында қолланыў ҳәм инвестицияларды тартыў мәселелери көрип шығылыўы нәзерде тутылмақта.

Сонғы жыллары мәмлекетлеримиз арасында денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў беккемленип баратырғанлығын атап өтиў керек. Биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар елимиз медицинасын және де раўажландарыўға хызмет етпекте. Әсиресе, туберкулёз ҳәм өкпе кеселликлериниӊ алдын алыў, медицина шөлкемлерин арнаўлы үскенелер менен тәмийинлеў, гепатит В ҳәм С ҳәм басқада жуқпалы инфекцияларға қарсы гүресиў, санитария-эпидемиология сыяқлы бир қатар бағдарлар бойынша байланыслар жылдан-жылға кеӊеймекте. Қалаберди, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм АҚШтыӊ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) арасында фармакопеяны раўажландырыў ҳәм референс лабораторияларын шөлкемлестириў бойынша грант қаржы ажыратылғанлығы да мәмлекетимиз медицинасының раўажланыўына үлес қоспақта.

Бирақ, елеге шекем медицина тараўында ислениўи керек болған ўазыйпалар көп. Атап айтқанда, медициналық тәлим, кадрлар алмасыў, илимий изертлеўлер, жоқары технологиялы операциялар, инновациялық диагностика ҳәм емлеў усыллары, кеселликлер профилактикасы, медициналық қамсызландырыў, санитария ҳәм эпидемиология, фармацевтикасыяқлы онлаған бағдарларда Қурама Штатлар стандартлары тийкарында алдынғы көзқарас ҳәм тәжрийбелерди мәмлекетимиз медицинасына енгизиў ҳәм инвестицияларды тартыў нәзерде тутылған. Өзбекстан-АҚШ денсаўлықты сақлаў ҳәптелиги дәслепки мәрте әйне усы мақсетлерде өткерилмекте.

Төрт күнлик ҳәптелик даўамында АҚШтан мәмлекетимизге келген көплеген тәжирийбели қәнигелер бир қатар медицина шөлкемлериниң келиўи нәзерде тутылған. Атап айтқанда, олар Республика қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы, Қыстаўлы медициналық жәрдем орайы, Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы, Республика қәнигелескен гемотология илимий әмелий- әмелий медициналық орайы сыяқлы емлеў орынларының жумысы  искерлиги менен танысып, өз-ара пикирлесип тәжирийбе алмасады.

Сондай-ақ, сырт елли қәнигелер медицина жоқары билимлендириў шөлкемлерине келип, студентлер менен сәўбетлесиў алып барыўы режелестирилген.

 

 

ӨзА