Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы республикамызда өзиниң мүнәсип орны ҳәм абырайына ийе Елликқала районында да көтериңки кейпиятта белгиленди.

«Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» шақырығы менен район орайындағы заманагөй амфитеатрда өткерилген бул байрам салтанаты Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Байрам илажында Елликқала районы ҳәкими Сейдамат Авезов аймақ халқын елимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қутлықлап, усы өткен жыллар ишинде мәмлекетимиз халық хожалығының барлық тараўларында ерисилген жетискенлик ҳәм раўажланыўлар ҳаққында мақтаныш пенен кең түрде айтып өтти. Әсиресе, соңғы бес-алты жыл ишинде халықтың абадан турмыс кешириўи ушын жаратылып атырған мүмкиншилик ҳәм шараятлар, аймақларда жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды тил менен айтып жеткериў қыйын. Себеби, соңғы жыллары әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳәм ҳуқықый ҳүжжетлер халықтың өз турмысынан разы болып жасаўына хызмет етип келмекте.

Байрам илажында халықаралық ҳәм мәмлекетлик көлемде өткерилип киятырған бир қатар абырайлы спорт жарысларында жеңимпазлықты қолға киргизип, елимизди дүньяға танытыўда өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып киятырған бир топар елликқалалы жас спортшыларға район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы естелик саўғалары тапсырылып, олардың алдағы жарысларда да жеңислерди қолға киргизе бериўине тилеклеслик билдирилди.

Соңынан байрам илажы республикамызға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған театрластырылған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен кеўилли түрде даўам етти. Онда атқарылған ана-Ўатан ҳәм туўылған жерди жырлаўшы йошлы қосықлар илаж қатнасыўшыларында умытылмас тәсирлер қалдырды.








Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы