Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде халықтың мүшкилин аңсат етиў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалаларын сол жердиң өзинде сапластырыў, ең әҳмийетлиси, ҳәзирги күннен разы болып жасаўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Оны орынлардағы Халық қабыллаўханалары тәрепинен «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек», деген жоқары идея тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларында да көриў мүмкин.

– Усы жылдың өткен айлары даўамында пуқаралар тәрепинен жәми 34 мың 224 мүрәжат келип түсти,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Салауатдин Худайбергенов. – Соннан 24 мың 24 и унамлы шешилди. 9 мың 469 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди. Халықтан келип түскен мүрәжатлардың айырымында социаллық тәмийнат, бәнтлик, турақ жай коммуналлық хожалығы, ишки жоллардың жарамсызлығы, қурылыс, денсаўлықты сақлаў тараўларына байланыслы екенлиги белгили болды. Әлбетте, бул мүрәжатлардың орынланыўын тәмийинлеўде халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыўда орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар үлкен әҳмийетке ийе.

Соның ишинде, усы жылдың өткен дәўири даўамында 2 мың 261 көшпели қабыллаў өткерилди. Оларда пуқаралар тәрепинен билдирилген 15 мыңға шамалас мәселе тийисли тәртипте үйренилип, соннан 7 мың 113и унамлы шешилди. Мәселен, Бозатаў районы «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасайтуғын бир топар пуқаралардың Президент Халық қабыллаўханасына аймақтағы ишимлик суў, ишки жоллардағы насазлықлар бойынша жоллаған мүрәжаты унамлы шешилип, таза ишимлик суў тармағы тартылды, ишки жолларда оңлаў жумыслары әмелге асырылды.









Кегейли районындағы «Қоңырат» елатлы пунктинде жасаўшылар гүзги-қысқы айларда тәбийғый газ басымының төменлеп кетиўинен қыйналып келетуғын еди. Узақ ўақыт даўамында тараў ҳәм район басшыларына етилген мүрәжат унамлы шешим таппады. Нәтийжеде, Президент Халық қабыллаўханасына мүрәжат етиўге мәжбүр болды. Қәнигелер тәрепинен бул мәселе ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, диаметри 89 мм болған газ қубыры диаметри 189 мм болған орта басымлы газ қубырына жалғап берилгеннен соң машқала унамлы шешим тапты. Елликқала районында өткерилген көшпели қабыллаўлардың биринде Наўайы мәҳәллесинде жасайтуғын Атабек Абдуллаев өзиниң балықшылық тараўына қызығыўшылығын, үйиниң қасында жасалма ҳәўиз шөлкемлестирип, балықшылық пенен шуғылланыў тилегин билдирди. Оның мүрәжаты да тийисли тәртипте үйренип шығылды ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын 250 миллион сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылыўында әмелий жәрдем көрсетилди.

Ҳәзирги күнде мүрәжат ийеси исбилерменликти жолға қойып, өзи менен бирге және 3 адамды жумыс пенен тәмийинледи. Қараөзек районындағы 1-сектор аймағына қараслы Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан аўыллардағы халықтың перзентлери 7-улыўма билимлендириў мектебине жазда шаң, қыста ылай 5 километр аралықтағы жолдан қатнаўға мәжбүр еди. Халық тәрепинен билдирилген мүрәжаттан соң бул жол тегисленип, улыўма баҳасы 330 миллион сумлық қум-шағыл тас араласпасы төселди ҳәм жаңа оқыў жылында оқыўшылар бир тегис жолда оқыўға баратуғын болды.

Хош, бүгинги күнде халық қабыллаўханаларының жумысынан халықтың кеўли толып атыр ма?  Бул сораўға жуўап алыў мақсетинде пуқаралардан келип атырған айырым хатлар ҳәм миннетдаршылық хатлары менен танысамыз.

– Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен орынларда жумыс алып барып атырған Халық қабыллаўханалары ҳәзирги күнде халықтың ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйенишине айланған десек, қәте болмайды,-деп жазады өзиниң миннетдаршылық хатында Елликқала районы «Қырыққызабад» аўыл пуқаралар жыйынынан У.Қурбанова. – Жумыссызлық себепли Россияға ўақтыншалық ислеў ушын барып, машқалаларға ушырадым ҳәм аўылға қайта алмадым. Мине, усындай, қыйыншылық ўақытларында Халық қабыллаўханасының әмелий жәрдеми менен аўылға саў-саламат қайтып келдим. Халық қабыллаўханасы жәрдеми менен субсидия тийкарында тигиўшилик цехын шөлкемлестирдим. Ҳәзир халыққа хызмет көрсетип келмектемен. Төрткүл районы Наўайы мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы, 2-топар майыбы өнерментшилик менен шуғылланыў имканиятына ийе болды. Ол Халық қабыллаўханасының жәрдеминде 20 миллион сум кредит қаржысын алғанынан миннетдар. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин.

Ең әҳмийетлиси, жумыссызлық ямаса басқа да себеплер менен өмир жолында ҳәр қыйлы қыйыншылықларға ушыраған айырым ўатанласларымыз Халық қабыллаўханаларының жәрдеми менен өз жумысын жолға қойып, өзиниң ҳәм әтирапындағылардың бәнтлигин тәмийинлемекте. Аймақлардағы жыллар даўамында топланып қалған машқалалар халық мүрәжатлары арқалы унамлы шешимин таппақта. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен енгизилген бул система ҳәзирги күнде өзин толық түрде ақламақта.


Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги