Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы әййемги ҳәм нәўқыран Хожели қаласында да Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамына бағышланып «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында салтанатлы байрам илажы өткерилди.

Оған райондағы сектор басшылары, депутатлар, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими Жеңис Ермашев сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен елимизде халықтың разылығы ушын жаратылып атырған имканиятларды жоқары баҳалап, Журтбасшымызға шексиз миннетдаршылығын билдирди ҳәм бәршени ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлады. Буннан соң илаж  қатнасыўшыларына елимизге белгили көркем өнер хызметкерлери, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған үлкен концерт бағдарламасы усынылып, бул ҳәммеге өзгеше заўық бағышланды.








Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы