Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық қутлы сәнеси алдынан Ферғана ўәлаяты Қоқанд қаласы ҳәкими М.Усманов басшылығындағы делегация ағзалары Бозатаў районында болды.

Сапар даўамында мийманларды район ҳәкими Камал Алланиязов күтип алып, аймақта соңғы жыллары әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар менен таныстырды.

Мийманлар «Сүйин ийшан» жәмәәтлик мешитинде болып, өткен ата-бабалар руўхына қуран аятларын оқыды.

Сондай-ақ, Қоқанд қаласы ҳәкими М.Усманов район аймағында жасаўшы социаллық қоллап-қуўатлаўларға мүтәж бир қатар шаңарақларда болып, оларға күнделикли руўзыгершилик ушын зәрүр болған азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек ҳәм басқа да тутыныў буйымларын байрам саўғасы сыпатында тапсырды.

Өзлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлықтан кеўиллери толған аймақ турғынлары мийманларға өз миннетдаршылықларын билдирип, еки аймақ арасында дослық қатнасықларының еле де беккемлениўи ушын жақсы тилеклер тиледи.





Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов ҳәм М.Ахмедовалар қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы