Республикамыздың басқа аймақлары сыяқлы Шоманай районын да көп миллетли халықлар жасайтуғын дослық мәканы деп атасақ болады.

Себеби, районда бүгинги күни қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, орыс ҳәм басқа да миллет ўәкиллери бир атаның баласындай, тыныш-татыў аўызбиршилик пенен жасап, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы ушын аянбастан хызмет ислемекте.

Соның ишинде, Бегжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қудайберди аўылында тийкарынан түркменлер жасап, турмыс кеширеди. Олар халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет атқармақта.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен аўылдың көше бийи Алмагүл Есенованың басламасы менен “Жаңа турмыс ушын, жаңа Өзбекстан ушын” сүрени астында “Ҳаял бахытлы болса, шаңарақ бахытлы болады, шаңарақ бахытлы болса, жәмийет бахытлы болады” атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди.

Онда Бегжап аўыл пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Улжан Раўажова ҳәм басқалар илаж қатнасыўшыларын ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап, елимиздиң азатлығы ҳәм еркинлигиниң халқымыз турмысындағы тутқан әҳмийетли орнын атап өтип, ғәрезсизлигимизди беккемлеў, ўатанымызды раўажландырыў жолында еле де көбирек мийнет ислеўимиз кереклигин түсиндирди.

Соңынан байрам тамашаларына нәўбет берилип, онда халықлар дослығы ҳәм түркмен халқының ески үрп-әдет, салт-дәстүрлери тамашаланды.



Әлбетте, өткерилген бундай мәдений илаж жаслардың санасына унамлы тәсир етип, оларға өзгеше шадлық инам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы