Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына бола, Омбудсманның ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында халықтың арасында инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызам мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўындағы халықаралық және миллий нызамшылық нормаларын үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықый санасы менен мәдениятын  арттырыўға жәрдемлесиў белгиленген.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (осбудсман) өз жумысында халықтың ҳуқықый хабардарлығын арттырыўға айрықша итибар қаратпақта. Себеби, Омбудсманға жиберилип атырған мүрәжатлардың анализи кейинги жылларда халықтың социаллық қорғалыўын беккемлеў, жасаў шараятларын жақсылаў бағдарындағы реформалардан хабардар етиў зәрүрлигин көрсетпекте. Соның ушын 2022-жылдан баслап республиканың шетки аймақларында мәҳәллелер кесиминде пуқараларға жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлерден халықтың хабардарлығын арттырыўға қаратылған «Омбудсман мектеби» жойбары әмелге асырылмақта.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң Қарақалпақстан Республикасындағы регионаллық ўәкилиниң басламасы менен халықтың ҳуқықый хабардарлығын арттырыўға қаратылған «Омбудсман мектеби» жойбары шеңбериндеги гезектеги илаж Қарақалпақстан Республикасының шетки районларынан бири болған Бозатаў районында өткерилди.

Илажда мәҳәлле белсендилери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет – мәмлекетимизде социаллық тараўларда алып барылып атырған реформалар, әсиресе, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында пуқаралардың ҳуқықый хабардарлығын арттырыўдан ибарат.

Илаж соңыңда Омбудсманның Қарақалпақстан Республикасындағы регионаллық ўәкилиниң көшпели қабыллаўы өткерилди.

Сондай-ақ, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде райондағы бос жумыс орынлары ярмаркасы шөлкемлестирилди. Онда пуқаралар өзлерине қолайлы жумыс орынлары менен танысты. Мийнет ярмаркасында 12 пуқараға жумысқа жайластырыў бойынша тийисли шөлкемлерге жолламалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги