Инсан ɵзиниң турақ жайына, турақлы дәрамат дәрегине ийе болса ғана бахытлы болыўы мүмкин. Ал, әмелдеги реформаларымыз болса, пуқараларымыздың абадан турмыс кешириўине хызмет етип, олардың ɵмирден разы болып жасаўына тийкар жаратпақта.

Мәмлекетимиз  Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы пәрманы да халқымызды заманагөй турақ жайлар менен тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутып, республикамыз аймақларында бул бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта ҳәм олардан айырымлары пайдаланыўға тапсырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, буннан бир жыл алдын, «Жаӊа Өзбекстан» бағдарламасы шеӊберинде жаӊа турақ жайлар массивин шөлкемлестириў ушын Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8 гектар жер майданы таӊлап алынған еди. Онда 2022-2024-жыллар ишинде 20 көп қабатлы турақ жайды қурыў режелестирилген болып, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы алдында 5 қабатлы, 80 квартиралы 2 жаңа турақ жайды өз ийелерине тапсырыў мәресими болып ɵтти.

Мәресимде Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов ҳәм район белсендилери илаж қатнасыўшыларын ғәрезсизлик байрамы ҳәм жаңа жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлап, оларға өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.




Буннан соң имаратлар алдына тартылған дәстүрий ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары турақ жайда турғынлар ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы