Қараөзек районы «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны орайындағы спорт майданында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик  ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!»  сүрени астында сахналастырылған әдебий-композициялық саз-сәўбетли байрам илажы болып өтти.

Байрам илажына район басшылары, депутатлар, аўыл халқы менен кең жәмийетшилик белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм бир қатар нураныйлар район халқын Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, соңғы жыллары елимизде жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен атап өтти. Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Қараөзек районында да Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап, ерискен жетискенликлеримиз ғәрезсизлигимиздиң арқасында болып атырғанлығы атап өтилди.

Байрам илажында республикамызға белгили көркем өнер ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери, районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасына нәўбет берилип, онда атқарылған ана-Ўатан ҳәм ғәрезсизликти тәрийплеўши қосық ҳәм аяқ ойынлар байрамға және де көтериңки кейпият бағышлады.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы