Август айында өткен оқыў жылынан жуўмақ шығарылып, барлық оқыў орынларының жаңа оқыў жылына таярлығы көзден өткерилип, өткен жылғы кемшиликлер сапластырылып, оқыўшылардың сапалы билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылады.

Жасларымыздың жақсы оқып, унамлы нәтийжелерге ерисип, ата-анасына, елге абырай әперетуғын кәмил инсанлар болып жетилисиўинде улыўма билим бериў мектеплериниң тутқан орны айрықша.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри А.Наримбетов пенен сәўбетлесип, усы ҳәм басқа да қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Ахмед Караматдинович, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы байрамын белгилеў алдында турмыз. Сентябрь айында жаңа 2023-2024-оқыў жылы басланады. Жаңа оқыў жылына таярлық жумыслары қай дәрежеде алып барылды?

– 2023-жыл 8-9-август күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен II-Устазлар миллий форумы «Сапалы билимлендириў – күшли жәмийет» cүрени астында шөлкемлескенлик пенен өткерилип, 2023-2024-оқыў жылындағы ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Өзлериңизге белгили, Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатында, 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў» жылы деп белгилеўди усыныс етип,  «Билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы», деп көрсетип өткен еди.

Бул бағдарда муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, келешегимиз болған жас әўладқа сапалы билим бериў, жаңа әўлад сабақлықларын жаратыў, оқыўшы жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў-тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

2023-жылғы Инвестициялық бағдарламаға муўапық 78,6 млрд. сум қаржы ажыратылып, 12 мектепте (3 жаңа қурылыс, 9 реконструкция) қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023-жыл 22-июньдеги қарары тийкарында 3 мектептиң (Кегейли районындағы 10-мектеп, Тахтакөпир районындағы 2-мектеп ҳәм Әмиўдәрья районындағы 45-мектеп) қурылыс-оңлаў жумысларына 14,4 млрд. сум қаржы ажыратылды.

Республикамыздағы жәми 721 улыўма орта билим бериў мектеплери интернет тармағына жалғанып, 719 мектеп оптикалық талшықлы байланыс линиялары арқалы жоқары тезликтеги байланыс пенен, ал алыс аймақта жайласқан мектеплер қуяш панельлери жәрдеминде электр энергиясы менен тәмийинлениўи жолға қойылып, 2 мектеп спутник арқалы Интернет тармағына байланыстырылды.

Мектеплеримизди заманагөй компьютерлер менен тәмийинлеў бағдарында да бир қанша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, 2022-жылдың апрель-май айларында Корея Республикасының Эксимбанки грантлары тийкарында 75 мектеп, республика бюджети қаржылары есабынан 55 мектеп, жергиликли бюджеттиң қаржылары есабынан 86 мектеп заманагөй компьютер техникалары менен тәмийинленди. 2023-жылдың биринши шерегинде 162 мектеп имаратларының тийкарынан STEAM пәнлери оқытылатуғын кабинетлери ҳәм мектеп китапханаларына жақын орынларда Wi-Fi  зоналары жаратылды.

Ҳәзирги күнде 282 мектептеги гөнерген компьютер техникаларын заманагөй компьютерлерге алмастырыў бойынша реже ислеп шығылған.





Президентимиздиң басламасы менен республикамыздағы баслаўыш класс оқыўшыларын саламат аўқатландырыў бойынша 2023-жылға 135,1 млрд. сумлық қаржы ажыратылып, январ-май айлары ушын  63,1 млрд. сум муғдарындағы қаржыға шәртнамалар дүзилди. Кейтеринг хызметин көрсетиўши шөлкемлер тәрепинен 143 мың 577 баслаўыш класс оқыўшылары ушын азық-аўқатлық өнимлери сапалы ҳәм толық жеткерип берилиўи жолға қойылды.

Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы бюджети тәрепинен қаржыландырылатуғын Халық билимлендириўи тараўындағы педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлери ушын 2023-жылға 1,7 трлн. сум қаржы қаратылды. Сондай-ақ, директор фонды ушын ажыратылған қаржылар 158,0 млрд. сумды қурайды. Ал, Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджети қаржылары есабынан Халық билимлендириўи тараўына 436,8 млрд. сум, соның ишинде, 23,7 млрд. сум қаржы кадрлар таярлаў бағдары ушын ажыратылды.

Соның менен бирге, усы оқыў жылында мектеп оқыўшыларына 3 млн. 397 мың 562 (100%) сумлық сабақлықлар ҳәм методикалық қолланбалар жеткерип берилди.

Жаңа оқыў жылында оқыўшыларымызға 4,9 млн. дана сабақлық ҳәм 98 мыңнан аслам методикалық қолланбаларға буйыртпа берилди.









– Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023-жыл 9-февраль күнги арнаўлы қарары тийкарында 544,8 миллион сумлық қаржы ажыратылып, министрлик тәрепинен қарақалпақ тилиндеги 10 атамадағы әдебий китапларды сатып алыў ушын жумыслар әмелге асырылмақта.

  • Улыўма орта билим бериў мектеплериниң педагог кадрлар менен тәмийинлениўи, билимин жетилистириў бағдарындағы жумыслар туўралы мағлыўмат берсеңиз?

– Бүгинги күнде тараўда 37297 муғаллим оқыўшы-жасларға билим сырларын үйретип келмекте. Соның 74 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Педагогларымыздың 93,6 проценти жоқары мағлыўматлы,  2,2 проценти тамамланбаған жоқары, ал, 4,2 проценти орта арнаўлы мағлыўматлы педагоглар болып есапланады. Оларды жоқары оқыў орынларының педагогика бағдарындағы бағдарлар бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерине қамтып алыў жумыслары алып барылмақта.

Өткен жылларға салыстырғанда, ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар жеңилликлердиң берилиўи нәтийжесинде тараўдағы орта арнаўлы мағлыўматлы педагоглар сезилерли дәрежеде азайды.

Жоқары оқыў орынларын питкериўшилер менен үш тәреплеме шәртнама дүзиў арқалы билимлендириў мәкемелериндеги кадрларға болған зәрүрликти қаплаў жумыслары  алып барылмақта.

Соның менен бирге, педагог кадрлардың потенциалын арттырыў бойынша өткен жылдың март-апрель айларында аттестация процесине жәми 20 мыңға шамалас педагог кадрлар қамтып алынып, нәтийжеде алдынғы жылларға салыстырғанда, педагоглар санынан келип шыққан ҳалда жоқары категориялылардың үлеси 2,3 процентти қураған болса, ал, бүгинги күнде бул көрсеткиш 10,1 процентке өсти. Қәнигелик категориясына ийе болмаған педагоглардың үлеси 52,0 процентти қураған болса, ал, бүгинги күнде бул көрсеткиш 36,0 процентке азайды.

Улыўма билим бериў мектеплериндеги жәми 3113 шет тили пәни муғаллимлериниң 56 проценти халықаралық ҳәм оған теңлестирилген миллий сертификатқа ийе.

  • 2022-2023-оқыў жылындағы оқыўшылардың билим алыўы, сапасы қай дережеде болды?
  • Өткен оқыў жылын жақсы нәтийжелер менен жуўмақладық, деп ойлаймыз.

Себеби, 2021-жылдың жуўмағы бойынша миллий рейтинг нәтийжелеринде жоқары жетискенликлерге ерискен 17 улыўма билим бериў мектебиниң директорлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президумының 2022-жыл 28-октябрьдеги қарары тийкарында жергиликли бюджет қаржылары есабынан ҳәр бир директор 15 миллион сумнан, жәми 244,6 миллион сум муғдарында ақшалай хошаметленди.

Булардың барлығы педагогларымыздың арасында оқыўшыларға жақсы билим бериў бойынша бәсекиликти пайда етип, өз үстинде еле де тереңирек ислеў, балаларды жақсы оқытыўға түртки бермекте.

2022-2023-оқыў жылында улыўма орта билимлендириў мектеплеринде 9-классты тамамлаған 32668 оқыўшыдан 1674 питкериўшиге айрықша дәрежели шаҳодатнама, 52 питкериўшиге сертификат, 11-классты тамамлаған 20645 оқыўшыдан 182 питкериўшиге гүмис медал, 671 питкериўшиге алтын медальлар менен бирге аттестатлар тапсырылды.

2022-2023-оқыў жылында тараўдағы педагог кадрларды материаллық жақтан хошаметлеў бойынша белгиленген қарар тийкарында оқыўшыларының орташа билим дәрежеси 80 % ҳәм оннан жоқары көрсеткишке ийе болған 25 педагог хызметкерлер ҳәр айда 100 % үстеме, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри қорының қаржылары есабынан 115 тәжирийбели педагог кадрлар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5,5 есесинде, 5 миллион сум муғдарында үстеме ҳақы алыўға еристи.

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2023-жыл 19-июньдағы арнаўлы хатына тийкарланып, ҳәзирги күнде 2022-жылдың жуўмағы бойынша республикамыздың миллий рейтинг нәтийжелери исленбекте.

Оқыўшыларымыз Өзбекстан көлеминде өткерилген таңлаўларда да жақсы нәтийжелерге ериспекте. Атап айтқанда, Президент сыйлығы ушын «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында Нөкис қаласындағы 27-санлы мектеп жәмәәти 1-орынды ийелеп, жергиликли бюджеттиң қаржылары есабынан 250 миллион сум менен хошаметленди ҳәм усы таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышында мүнәсип қатнасып, улыўма командалық есабында 4-орынды ийеледи.

Усы таңлаўдың 2023-жылы өткерилген Қарақалпақстан Республикасы басқышында Хожели районындағы 3-санлы мектеп жәмәәти 1-орынды ийелеп, ҳәзирги күнде финал басқышына қатнасты.

Тараўда өткерилип атырған пәнлер олимпиадасы жуўмағында
1-, 2-, 3-орынды ийелеген 125 оқыўшы-жасларға, жәми 175,5 миллион сумлық ақшалай сыйлықлар салатантлы түрде тапсырылды. Соның менен бирге, оқыўшылардың билимин ашық-айдын әдалатлы баҳалаған 92 төреши ҳәм аппеляция комиссиясы ағзалары 1 мәртелик 1,38 млн сўм муғдарындағы пул сыйлықлары менен хошаметленди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 18-марттағы режесине муўапық 2022-2023-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары арасында улыўма билим бериў пәнлеринен қала, район ҳәкимлери кубоклары, жоқары оқыў орынлары ректорлары кубоклары ашық олимпиадалары избе-из өткерип келинбекте.

  • Мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар қай дәрежеде орынланбақта?

– Бәршеңизге мәлим, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жыл 20-январьда өткерилген кеңейтилген видеоселектор мәжлисинде мектеп оқыўшыларына еки шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерди үйретиў бойынша тапсырма берилген еди.

Бул бойынша тәжирийбе сынақ тәризинде жәми 9 мектеп белгилеп алынып, оларда 6 (инглиз, немис, француз, япон, корейс, қытай) шет тилин оқытыў ҳәм 64 жумысшы кәсиплер бойынша оқыўшыларды кәсип-өнерге үйретиў режелестирилди.

Таңлап алынған мектеплерде 7-класстан баслап, шет тиллерин оқытыў ушын оқыў ханалары таярланып, педагоглардың резерви жаратылды.

Сондай-ақ, таңлап алынған мектеплерде 10-класстан баслап кәсипке үйретиў имканиятларынан келип шығып, 3 бағдарда (1-жумысшы кәсип, 2-исбилерменлик, 3-мәлимлеме технологиялары ҳәм «креатив индустрия» бағдары бойынша) заманагөй кәсипке үйретиў ушын мектеплерде компьютер ханалары таярланып, жуўапкерлер бекитилди.

Бул бағдардағы жумысларды жақсылаў мақсетинде алдымыздағы оқыў жылы даўамында еки шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерди үйретиў бойынша мектеплерди 17 ге жеткериў режелестирилген.

Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде халықаралық тәжирийбе, соның ишинде, Финляндия тәжирийбеси тийкарында басып шығарылған 1-4-класс оқыўшылары ушын оқыў сабақлықларын тәжирийбе-сынақтан өткериў процесин шөлкемлестириў бойынша арнаўлы «Жол картасы» ислеп шығылды.

Тәжирийбе-сынақ барысында қәнигелигин арттырыў оқыўлары,  ашық сабақлар шөлкемлестирилип, оқыў жылының жуўмағы бойынша  оқыўшылардың билимлерин бақлаўда тексериў (бақлаў) жумыслары өткерилди ҳәм улыўмаластырылды.

Тәжирийбе-сынақ мектебине салыстырмалы бириктирилген Нөкис қаласындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының билим көрсеткишлери жаңаша  билим  алыў шараятларына  таярлығы  ҳәм  бейимлесиўи  (сәйкеслиги)  бақлап барылды ҳәм салыстырмалы нәтийжелери ислеп шығылды.

Сондай-ақ, оқыўшы-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олардың спортқа деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде тараўда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып, 2023-жылдың жаз мәўсиминде республикамыздағы 11 стационар түрдеги саўалландырыў дем алыў орынлары шөлкемлестирилип, оларда жәми 6910 баланың мазмунлы дем алыўы шөлкемлестирилди.

 

– 2023-2024-оқыў жылында билимлендириў процесине енгизилип атырған өзгерислер, жаңалықлар ҳәм алда турған ўазыйпаларға да тоқтап өтсеңиз.

– Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февральдағы ПП-27-санлы пәрманы менен тастыйықланған мәмлекетлик бағдарламаның 163-бәнтине муўапық, оқыўшылардың қәбилетлери ҳәм таңлаўы тийкарында билимлендириў процесин шөлкемлестириў, 10-11-класс оқыўшыларының таңлаў имканиятларын арттырыў мақсетинде математика-физика, химия-биология, ана тили-шет тили, математика-шет тили бағдарларында таңлаў класслары тәжирийбе-сынақ сыпатында шөлкемлестирилмекте.

2023-2024-оқыў жылында бул бағдардағы мектеплер сыпатында Елликқала районынан 22-санлы, Хожели районынан 3-, 24-санлы, Әмиўдәрья районынан 18-, 36-санлы, Беруний районынан 38-. 60-санлы, Төрткүл районынан 30-санлы мектеплерде жумыслар алып барылыўы режелестирилген. Бул мектеплерде оқыў процеси қәнигелестирилген мектеплердеги оқыў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 26-майдағы ПП-79-санлы пәрманы менен 2023-2024-оқыў жылынан баслап 1-4-класларда оқыўшыларға баслаўыш, 5-9-класларда таяныш ҳәм 10-11-класс оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм қәбилетлерине сәйкес болған билимлерди бериўге бағдарланған оқыў бағдарламалары, оқыў-методикалық топламлары енгизиледи.

Оқыўшылардың билимлерин баҳалаўдың жаңа тәртиби енгизилип, муғаллим тәрепинен оқыўшылардың өтилген темаларды әмелиятта қоллана алыўы, сын көзқараста пикирлеўи, берилген материалларды талқылай алыўы көнликпелери баҳаланады.

Баслаўыш классларда информатика сабағы, ортаңғы классларда оқыўшылардың финанслық саўатлылығын арттырыўға бадарланған сабақлар енгизиледи.

Барлық пәнлер бойынша әмелий сабақлардың үлеси 60 процентке жеткерилип, онда сабақлардағы темалар анық машқалаларды шешиў арқалы үйретилсе, әмелий сабақлар жойбарды орынлаў усылында алып барылады.

Қәнигелестирилген мектеплер улыўма орта билим бериў мектеплери ушын «таяныш мектеби» етип белгиленеди.

Оқыў-тәрбия процесине оқытыўдың заманагѳй алдыңғы усылларын, оқыўшылардың оқыў, психологиялық ҳәм физикалық жүклемеси қысқартылыўын есапқа алған ҳалда оқыў-тәрбияның нәтийжели түрлери ҳәм усылларын енгизиў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеплери ушын оқыў жылына мѳлшерленген таяныш оқыў режеси тастыйықланады.

Пикиримизше, бул жумыслар оқыўшыларымыздың илимге, билим алыўға болған қызығыўшылықларын және де арттырыўға хызмет етери сөзсиз.

Сәўбетлескен; Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги