Бүгин Бозатаў районы Жаслар орайы имаратында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими тәрепинен «Сапалы билимлендириў-күшли жәмийет» сүрени астында райондағы билимлендириў тараўы хызметкерлериниң «II-Устазлар миллий форумы» болып өтти.


Оған район басшылары, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң директорлары, тараў алдынғылары қатнасты.

Форумда район ҳәкими Камал Алланиязов, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы Мурат Таджетовлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлап, тараў хызметкерлериниң быйылғы оқыў жылында алда турған әҳмийетли ўазыйпаларына кеңнен тоқтап өтти.

Сондай-ақ, форум шеңберинде район ҳәкимлиги тәрепинен соңғы жыллары билимлендириў тараўында өткерилген пән олимпиадалары, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында белсендилик көрсетип киятырған тараў пидайыларына естелик саўғалары тапсырылды.




Форум өз жумысын секцияларға бөлинип, даўам еттирди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы