Қарақалпақстан Республикасы Беруний районлық әдиллик бөлими тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў бөлими мийирбийкелериниң үзликсиз жумыс стажы ушын үстеме қаржыларын өндирип бериўде әмелий жәрдем сорап жоллаған мүрәжаты үйренип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 276-санлы қарарының 2-қосымшасы, «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик мәкемелердиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине мийнетке ҳақы төлеў тәртиби ҳәм шәртлери ҳаққында»ғы Режениң 25-бәнтине тийкарланып, шыпакерлерге, орта ҳәм киши медицина хызметкерлерине, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўындағы барлық мәкемелердиң фармацевтика хызметкерлерине үзликсиз жумыс стажы 5 жылдан 10 жылға шекем болғанда – тариф ставкасының 5 проценти, 10 жылдан 15 жылға шекем – тариф ставкасының 20 проценти муғдарында, үзликсиз жумыс стажы 20 жылдан аслам болғанда – тариф ставкасының 20 проценти муғдарында белгиленеди.

Денсаўлықты сақлаў мәкемелери хызметкерлериниң бул Режениң 24-бәнтинде көрсетилген айрықша категориялары буған кирмейди, жоқары мағлыўматқа ийе болған медицина мийирбийкелери ушын болса тариф ставкасының 30 проценти муғдарында белгиленген.

– Соған қарамастан, Беруний районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими тәрепинен бул хызметкерлерге тийисли үстеме қаржылары төлеп берилмеген, – дейди районлық әдиллик бөлиминиң баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Ваҳоб Төрениязов. – Атап өтилген нызамшылық талапларына бола районлық әдиллик бөлими тәрепинен үзликсиз жумыс стажына ийе болған мийирбийке хызметкерлериниң мәпине Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судына шағым арза киргизилип, судтың 2023-жыл 26-июль күнги шешиўши қарары менен жәми 89  миллион 903 мың 384 сум үстеме қаржы өндириў белгиленди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы