Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 27-июльдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Көркем өнер академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында «Реңлер жилўасындағы- Ана дияр» атамасында жас дөретиўшилер таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Таңлаў 7-13 ҳәм 14-17 жас категориясы бойынша өткерилип, олардың дөретиўшилик ислери тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.

Өткерилген таңлаў жуўмағында, 7-13 жас аралығында  1-орынды Алина Есенгелдиева жеңип алған болса, 2-орын  Руслан Қалжанов, 3-орын Дилназ Алламбергенова ҳәм Бегзад Муратовларға несип етти.

14-17 жас аралығындағы қылқәлем ийелери арасында Динмуҳаммед Елмуратов биринши, Айсулыў Темирханова екинши, Зарафшан Оразымбетова ҳәм Саида Жуманиязовалар үшинши орынларға мүнәсип деп табылды.




Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы дипломлар менен сыйлықланып, оларға Ташкент қаласында өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышқа жолламалар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы