Бүгин Шоманай районындағы мәденият сарайында «II Устазлар миллий форумы» болып өтти.

Оған район басшылары, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм Бәркамал әўлад мектеби, Мәмлекетлик, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы ҳәм шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорлары, усы тараўдың мийнет алдынғылары қатнасты.

Онда район ҳәкими Баҳадыр Янгибаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм тараў хызметкерлериниң быйылғы оқыў жылында алда турған әҳмийетли ўазыйпаларына кеңнен тоқтап өтти.

Сондай-ақ, форум шеңберинде район ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўы жеңимпазлары қаржылай, усы жыл 6-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилген ментал  арифметика олимпиадасында 1-орынды ийелеген 11 жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың устазы Қ.Реймова естелик саўғалары менен сыйлықланды.








Форум өз жумысын секцияларға бөлинип, даўам еттирди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы