Мине көзди-ашып жумғанша жаз мәўсими тамамланып, республикамыздың мектеп оқыўшылары өзлериниң билим алатуғын тәлим дәргайларына қарай асықпақта.

Ал, аймақларда жайласқан балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайлары болса,  өзлериниң быйылғы мәўсимдеги жумысларын жуўмақлап, балалар менен келеси жылға шекем хошласпақта.

Усындай хошласыў кешеси Тақыятас районында жайласқан «Айдын жол»  балалар дем алыў  ҳәм саўалландырыў орайында болып өтти.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары  Хайрулла Таўмуратов, дем алыў орайы директоры Бекмурза Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамы кеңеси хызметкери Гүлмира  Палўаниязовалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, балалардың оқыўларда үлгили баҳаларда оқыўына тилеклеслик билдирди ҳәм өзлериниң үлгили минез-қулқы ҳәм таланты менен көзге түскен бир қанша балаларға Ҳүрмет жарлықларын тапсырды.

Сондай-ақ, кешеде дем алыў мәўсиминде пидакерлик пенен хызмет еткен бир қатар хызметкерлер де Мақтаў жарлықлары менен сыйлықланды.


Илаж соңында орайда дем алыўшы балалар тәрепинен атқарылған  халықлар дослығын сәўлелендириўши аяқ ойынлар, Ўатанымыз ғәресизлигин жырлаўшы қосықлар кешеге өзгеше заўық бағышлады.




Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы