Быйылғы 2023-2024-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплерине 39254 оқыўшының 1-классқа қабыл етилиўи күтилмекте.

Жылдағыдай туңғыш мәрте мектеп босағасына қәдем қойыўға атланып атырған оқыўшылар жаңа оқыў жылының басланыўын сабырсызлық пенен күтпекте. 1-классқа қабыл етилип атырған оқыўшыларды хошаметлеў, оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Президент саўғалары» бериледи.

– Быйыл да республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәслепки қоңыраў қағылып, 1-классқа енди қәдем таслап атырған оқыўшыларға 12 атамадағы «Президент саўғалары» тапсырылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Таҳир Дәўлетмуратов. – Жаңа оқыў жылының басланыўы менен мектеплерде өткерилетуғын «Биринши қоңыраў» илажларында 1-класс оқыўшыларына берилетуғын «Президент саўғалары»ның қурамында 12 түрдеги оқыў қураллары болады.

Соның ишинде, бир оқыўшы сумкасы, оның ишинде 12 дана дәптер, сүўрет дәптери, акварель бояўлары, реңли қағаз, қәлем салғыш, шарикли ручка, реңли қәлемлер, 2 дана әпиўайы қәлем, пластилин, клей ҳәм 2 дана өширгиш болып, жаңа оқыў жылы басланғанға шекем бул саўғалар басқышпа-басқыш барлық мектеплерге жеткерилип, оқыў жылының биринши күни оқыўшыларға тапсырылады.

«Президент саўғасы» усы жылдың 25-август күнине шекем министрликтиң adm.maktab.uz электрон базасына киргизилген балалардың санына қарап улыўма билим бериў мектеплерине жеткериледи.

Бул ўазыйпа министрлик жанындағы тәмийнат ҳәм логистика хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасы арқалы әмелге асырылады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги