Өзбекстан сыртқы ислер министрли Бахтиёр Саидов Ташкентте Қазақстан бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мурат Нуртлеу менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан СИМге бола, жоқары мәртебели дипломатлар ушырасыўында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў, соның ишинде, өз-ара саўда көлемин 10 миллиард долларға жеткериўге айрықша итибар қаратылған.

Сондай-ақ, еки министр мәмлекетлер арасындағы транспорт тараўында пайдаланылмай атырған үлкен потенциал, Орайлық Азияның халықаралық имканияты, азық-аўқат қәўипсизлиги, академиялық ҳәм билим алмасыўы, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, регионаллық абаданлық ҳәм қәўипсизликти сақлаў бойынша бирге ислесиў мәселелери бойынша пикирлескен.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Қазақстан сыртқы ислер министрликлери арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылған. Еки мәмлекет байланысларын сезилерли нәтийжелер менен байытыўға қаратылған ҳүжжет Өзбекстан ҳәм Қазақстан кең көлемли күн тәртибиниң барлық бағдарларын қамтып алады.

«Өзбекстан ҳәм Қазақстан қатнасықлары соңғы жыллары мисли көрилмеген дәрежеге көтерилди, өткен жылы Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы декларацияға қол қойдық. Өзбекстан ҳәм Қазақстан сыртқы ислер министрликлери барлық тараўлардағы тығыз бирге ислесиўимизди өзгериссиз еле де тереңлестириў ушын зәрүр ҳәрекетлерин қаратыўға таяр»,-деп жазды Өзбекстан СИМ Б.Саидов социаллық тармақтағы бетинде.

Қазақстан бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри М.Нуртлеу Ташкент қаласындағы 20 дан аслам жоқары технологияға тийкарланған, бәсекиге шыдамлы, экспортқа бағдарланған кәрханаларды өз ишине алған Технопаркке барған.

Делегация Орайлық Азияның тийкарғы руўхый естеликлеринен бири болған Ҳәзирети Имам комплекси, Ташкент мәдений-тарийхый мийрасының бийбаҳа дүрданасы – Шейх Хованди Таҳур ҳәм Төлебий (Қарлығашбий) мақбараларын да зыяратлаған.

Бурын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 17-август күни Қазақстан бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министрин қабыллаған. Ушырасыўда сиясий сөйлесиўди және де жеделлестириў, экономиканың стратегиялық тармақларындағы жойбарларды жеделлестириў, гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў сондай-ақ, Орайлық Азия регионында жақсы қоңсышылық ҳәм шерикликти беккемлеў илажларын көриўге айрықша итибар қаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги