Өзбекстан Республикасы Прездентиниң бийлиги

Миллий экономикамызды турақлы раўажландырыў, елимизде исбилерменлик  орталығын және де жақсылаў, исбилерменлик раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, мәмлекетимиздиң өндирис ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў, жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қосқан мүнәсип үлеси, сондай-ақ, бизнесте ерисип атырған әмелий нәтийжелери сондай-ақ, социаллық турмыстағы белсене қатнасы ушын төмендегилер «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Жаксуликов Шарияр Аллияр улы – Нөкис қаласындағы «Data Biznes Control» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

Келимбетов Бердимурат Абдимуратович – Нөкис қаласындағы «Nukus Windows Profil» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

Рахметов Серикбай Халбаевич – Елликқала районындағы «Agro Eksim Gold» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тийкарын салыўшысы

Сатуллаева Венера Аитниязовна – Шымбай районындағы «Сатуллаева Венера» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

Хасанов Ахмет Тажибаевич – Тақыятас районындағы «Gold Sandwich» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

Юсупова Тамара Рахимбаевна – Әмиўдәрья районындағы «Tamara Textilе» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры

Өзбекстан Республикасы

Президенти                        Ш.МИРЗИЁЕВ

2023-жыл 17-август