Энергетика министрлиги қуяш панеллерин мәмлекетлик шөлкемлерге, емлеўхана ҳәм мектеплерге, жеке меншик имаратларға орнатыў монополияға айланып қалғаны ҳаққында социаллық тармақта шыққан сын көзқараста жазылған мақалаға рәсмий мүнәсибет билдирди.

«Бул мақалада билдирилген ўақыялар аноним шахслардың атынан билдирилген болып, фактлер улыўма ҳақыйқатқа дурыс келмейди.

Ҳәзирги күнде пүткил жер жүзинде болғаны сыяқлы мәмлекетимизде де экологиялық ҳәм арзан қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул энергия дәреклери тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўде пайда болыўы мүмкин болған машқалалардың алдын алыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, бир неше жүз миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеўди тәмийинлейди ҳәм атмосфераға бир неше жүз мың тонна зыянлы газлердиң шығыўын сапластырады.

Елимизде киши қуўатлықтағы қуяш фотоэлектр системаларын орнатыў мәмлекет тәрепинен емес, исбилерменлик субъектлери (жеке меншик кәрханалар) тәрепинен әмелге асырылатуғынын айтып өтиў керек. Ҳәзирги күнде елимизде қуяш фотоэлектр системаларын ҳәм қуяш суў ысытыў қурылмаларын орнатыў ҳәм оларға сервис хызметин көрсетиў менен шуғылланыўшы 100 ден аслам исбилерменлик субъектлери бар.

Олар мәмлекетимиздеги қайсыдур үлкен компаниялар менен байланыспаған, бир-биринен еркин, бәсекиге кирискен ҳалда жумыс алып барады. Сырт елден қуяш фотоэлектр системаларын тиккелей сатып алыў, мәмлекет аймағына алып кириў, қарыйдарларға жеткерип ҳәм орнатып бериў, сондай-ақ, оларға сервис хызметлерин көрсетиўде де ҳеш бир исбилерменлик субъектине шеклеў қойылмаған. Яғный, халық ўәкиллери, исбилерменлер өзлери қәлеген исбилерменлик субъекти менен шәртнамаға қол қойып, өз аймағына қуяш фотоэлектр системаларын орнатыўы мүмкин.

Онда ҳеш қандай мәжбүрлеўге ҳәм сатып алыўда қыйыншылықлар пайда ететуғын (қымбат баҳа, процентлерди арттырыў сыяқлы) жағдайларға ҳасла жол қойылмайды.

2023-жылы «Жасыл энергия» ЖШЖ тәрепинен социаллық тараў объектлери ҳәм мәмлекетлик уйымлардың мүтәжликлери ушын улыўма қуўатлығы 10 МВтлы қуяш фотоэлектр станцияларын сатып алыў, орнатыў ҳәм оларға техникалық хызметлерди көрсетиў бойынша «Sun High Tech» (2 МВт), «Eleve Fast Service» (2 МВт), «Humo Solar» (2 МВт), «Ogma Projects» (2 МВт), «Ўзбекэнерготаъмир» (2 МВт) компаниялары менен жәми 93 миллиард сум баҳада шәртнамаларға қол қойылды.

Сондай-ақ, қуяш панеллерин сатып алыў бойынша «Tongwei Solar (Hefei) Co., Ltd» ҳәм олар ушын On-Grid инверторларын сатып алыў бойынша «Huawei International Co. Ltd» компаниялары менен улыўма қуўатлығы 300 МВтға тең қуяш панеллери ҳәм инверторларын жеткерип келиниўи бойынша шәртнамаларға қол қойылды.

Егер усы жылдың басында 1 кВт қуўатлыққа тең қуяш панелин орнатыў баҳасы 11,5 миллион сумға туўра келген болса, бул сан ҳәзирги күнде 8,5 миллион сумнан ибарат болмақта. Соның өзи-ақ тараўда бәсекиниң бар екенлигин ҳәм исбилерменлер қарыйдар ушын өзине түсер баҳасын төменлетиўден, оларға қосымша жеңилликлер жаратып бериўден мәпдар екенлигин дәлиллейди», делинеди мүнәсибетинде.

Н.Зиёдуллаева таярлады.

ӨзА