Статистика агентлигиниң дәслепки мағлыўматларына қарағанда, 2023-жылдың январь-июнь айларында Ташкент қаласында жәми 16,3 трлн сумлық қурылыс жумыслары орынланған.

Аймақта әмелге асырылыған қурылыс жумыслары көлеминде ири қурылыс шөлкемлери тәрепинен орынланған қурылыс жумысларының үлеси 23,0 %, киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың үлеси 68,3% ҳәм рәсмий емес секторда орынланған қурылыс жумысларының үлеси 8,7 %ти қурады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги