Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-июнь күнги «Кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлик субъектлери менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди орнатыўға қаратылған илажлар ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында «20 мың исбилермен – 500 мың тәжирийбели қәниге» бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Бағдарламаны әмел асырыў бойынша республикалық, Нөкис қалалық ҳәм  районлық көлемдеги арнаўлы жумысшы топарлар ҳәм штаблар шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде республикамыздағы исбилерменлер менен пәрманда белгиленген ўазыйпалар, онда исбилерменлерге жаратылған жеңилликлер ҳаққында турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

– Нәтийжеде бағдарламада қатнасыўшы 2311 исбилерменлик субъекти анықланып, жумысшы топарлар тәрепинен бағдарлама шәртлерине туўра келетуғын 625 исбилерменлик субъекти таңлап алынды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң баспасөз хаткери Ч.Елмуратов.

Олардан, 594 субъект 100, 18 субъект 200 ге шамалас ҳәм 13 субъект 200 ден аслам жумыс орынларын жарататуғын кәрханалар категориясына киргизилди.

Бүгинги күнде бағдарламада қатнасыўшы усы 625 исбилерменге мәхәлелелердеги 39831 жумыссыз пуқаралар бириктирилип, толық бәнтликти тәмийинлеў режелестирилген.

Республикамызда кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жоқарыда атап өтилген жумыслар буннан былай да қызғын даўам еттириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги