Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасында жуўапкер қәнигелериниң қатнасыўында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Онда басқарма баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы В.Абсаттарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, басқарма ҳәм оның бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кадр мәселелерин шешиў, халықтың жуқпалы кеселликлер менен кеселлениўиниң алдын алыў, санитариялық-гигиеналық илажлар бағдарында быйылғы жылдың алты айы даўамында исленген жумыслары туўралы толық мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, ҳәр жылы барлық бөлимлерде ишки имканиятлардан келип шыққан ҳалда киши ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2022-2023-жылларда Әмиўдәрья районлық бөлиминде 188,9, Беруний районлық бөлиминде 239,5, Кегейли районлық бөлиминде 116,9, Қоңырат районлық бөлиминде 101,2, Нөкис районлық бөлиминде 648,6, Тақыятас районлық бөлиминде 640,9, Тахтакөпир районлық бөлиминде 640,9, Төрткүл районлық бөлиминде 380,0, Хожели районлық бөлиминде 593,7, Шымбай районлық бөлиминде 384,7 миллион сумлық ағымдағы оңлаў жумыслары алып барылды. 2023-жылдың биринши ярым жыллығында басқармаға 163,9 миллион сумға 20 киловатлық қуяш панели орнатылды ҳәм аймақлық район (қала)лық бөлимлеринде орнатыў жумыслары даўам етпекте. Басқарма ҳәм оның бөлимлери шыпакерлер ҳәм орта мағлыўматлы медицина хызметкерлери менен толық тәмийинленген.

Соңғы жыллардағы медицина тараўындағы басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған реформалар, өзгерислер, жаңаланыўлар нәтийжесинде халық арасында жуқпалы кеселликлер менен наўқасланыў сезилерли дәрежеде азайды ҳәм бул өз гезегинде халықтың орташа өмир сүриў көрсеткишиниң артыўына тийкар жаратпақта.

2023-жылдың 6 айы даўамында жуқпалы кеселликлерге қарсы профилактикалық шаншыў режеси 99,5 процентке орынланды. Халықтың жуқпалы кеселликлер менен наўқасланыўын таллаў нәтийжелерине бола, өткир ишек кеселликлери, өткир респиратор вирусы кеселликлери, грипп ҳәм туберкулёз кеселлиги менен наўқасланыў өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда өсиўи ямаса төменлеўи бақланбай, эпидемиологиялық турақлылық сақланбақта. Өткир жуқпалы вируслы гепатит кеселлиги менен наўқасланғанлар 4,1 есеге көбейген.

Азық-аўқат өнимлеринен республика бактериология лабораторияларына 941 үлги алынып, оның нәтийжелерине бола талапқа жуўап бермейтуғын 504,3 килограмм ҳәр қыйлы азық-аўқат өнимлери пайдаланыўдан алынып, тийисли тәртипте жоқ етилди.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшыларға коронавирус, қутырыў, қрым-конго геморрогиялық кеселлигиниң эпидемиологиялық жағдайы, вакциналалардың сақланыўы, тарқатылыўы, тараўдағы технологиялық жетискенликлер ҳәм жаңа мүмкиншиликлер туўралы да қосымша мағлыўматлар берилди.


Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги