Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетине 15 жыл толыўы мүнәсибети менен «Саламат орталық – саламат инсан» атамасында илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Алихонов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Экоҳәрекеттиң 15 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети 2008-жыл 2-август күни мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белсендилери ҳәм эколог қәнигелердиң басламасы менен шөлкемлестирилди. Өткен 15 жыл даўамында Экоҳәрекет тәрепинен орайда ҳәм орынларда ҳәм сырт елде 5,1 миллионнан аслам қатнасыўшы қатнасқан 14,5 мыңнан аслам түрли аналитикалық-әмелий илаж шөлкемлестирилди. Бул бағдарда Арал апатшылығының Аралбойы аймағы халқының саламатлығы ҳәм қоршаған орталықтың жағдайына унамсыз тәсирин жумсартыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде АҚШ, Германия, Япония, Бельгия, Швейцария ҳәм басқа да мәмлекетлерде шөлкемлестирилген илажлар жәмийетшиликтиң итибарына ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының бес социаллық буйыртпасы, 20 грант жойбарын әмелге асырыў илажларына жергиликли халық ўәкиллери кеңнен тартылды. Жойбарлар шеңберинде Қарақалпақстанның Кегейли районындағы денсаўлықты сақлаў мәкемелерине медициналық диагноз үскенелери  берилди, қуяш фотоэлектрик панеллери орнатылды ҳәм медицина хызметкерлери ушын оқыў-семинарлар шөлкемлестирилди.


Тәбиятты қәстерлеп сақлаўға қаратылған илажларда Экоҳәрекеттиң 3000 нан аслам «Жаслар қанаты» ағзасы жедел қатнаспақта. Олардың басламасы менен 2019-жылдың 26-январь күни мәмлекетимизде дәслепки рет «Елимизди және де абат етейик!» идеясы астында улыўмахалықлық экологиялық қайырқомлық шембилик өткерилди.

Бул улыўмахалықлық экологиялық шембиликте 27 мың гектар майдан абаданластырылды, аймақлардан 39 мың 689 тонна шығынды алып шығып кетилди, 23 мың метрден аслам салма ҳәм қубыр тазаланды, қойымшылық ҳәм зыярат етиў орынлары тәртипке келтирилди. Қайырқомлық шембилигинен түскен 100 миллиард сумнан аслам қаржы Аралбойы аймағының экологиялық жағдайы, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылды.

Илаж соңыңда Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен ҳәрекет белсендилери алғыснама ҳәм саўғалар тапсырылды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы