Бүгин, 1-август күни республикамыздың барлық аймақлары қатарына Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы 6 орында 2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Комилжон Каримов Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилип атырған тест сынақлары процесин көзден өткерди.





Сондай-ақ, усы жерде абитуриентлердиң ата-аналары ушын жаратылған шараятлар, тест процесин онлайн бақлаў имканияты менен танысты. Ата-аналар менен болып өткен сәўбетлесиўде Қарақалпақстан Республикасы абитуриентлери ушын быйылғы қабыллаўда мәмлекетлик грант тийкарында 3 мың орын ажыратылғаны, соның менен бирге, жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги