Усы жылдың 10-июль сәнесинен 10-августқа шекем өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша «Әҳмийетли 30 күн» илажы жәрияланған еди. Жақында Қанлыкөл районының Наўрыз аўыл пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын тәмийинлеў бойынша илаж өткерилди.

2021-жыл 9-декабрьдеги Президенттиң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында аўыл пуқаралар жыйынында жәми 17 объект бой тиклемекте. Соннан 10  бес қабатлы 300 хожалыққа арналған турақ жайларда, 2 социаллық тараў ҳәм 5 инфраструктура объектлеринде қурылыс жумыслары алып барылмақта. Районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен усы «Жаңа Өзбекстан» массивиндеги қурылыс жумысларындағы өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў жағдайы, имаратларды өрт қәўипсизлиги тәмийинленген ҳалда өз ийелерине тапсырыў бойынша жумыслар тексериўден өткерилип, қурылысшыларға өрт қәўипсизлиги қағыйдалары түсиндирилди. Шөлкемлестириўшилер оларды өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша өткерилип атырған «Әҳмийетли 30 күн» илажында белсене қатнасыўға шақырды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги