ЮНЕСКО класслардағы бузылыўларды сапластырыў, оқыўды жақсылаў ҳәм балаларды кибербуллингтен қорғаў ушын мектеплерде смартфонларды қадаған етиўге шақырды. Айтылыўынша, оқыўшылардың өзлестириў дәрежесиниң төменлиги мобиль телефонлардан көп пайдаланыў менен байланыслы болып, экранға узақ мүддет үңилип турыў болса балалардың сезимлик турақлылығына унамсыз тәсир етеди.

Атап өтилиўинше, технология «алдын билимлендириў ушын мөлшерленбеген», соның ушын инсанға қаратылған концепцияға сәйкес келиўи ҳәм муғаллим менен тиккелей сөйлесиў орнын ийелемеўи керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги