Алдын хабар бергенимиздей, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен 2023-2024-оқыў жылы ушын усы жылдың 24-июль күни кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары басланған еди.

Бүгин де ерте таңнан Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Вокал көркем өнери» (дәстүрий қосықшылық, эстрада қосықшылығы) ҳәм «Саз-әсбап атқарыўшылығы» тәлим бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары басланып, талабанлар өз қәбилетлерин сынақтан өткермекте.






Имтиханлардың нызам талапларына сай әдил ҳәм ашық-айдын өткерилиўин көзден өткериў мақсетинде бүгин Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиндеги имтиханларға Қарақалапақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Жоқарғы Кеңес депутатлары Г.Айымбетова, В.Каленовалар қатнасып, биргеликте өткерилип атырған имтиханлардың барысын бақлап барды.

Университеттеги кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 28-июль күни де даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги