Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2023-жыл 18-майдағы «2023-жылдың шомылыў мәўсиминде халықтың  суўға кетиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Айрықша жағдайлар басқармасы, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы, Суў хожалығы министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң қәнигелери жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте шомылыў мәўсиминде пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырмақта.

Себеби, пуқараларымыздың, әсиресе балалар менен жас өспиримлердиң жаздың ыссы дәўиринде дәрья, каналлар ҳәм жап-салмаларда шомылыўы ўақтында немқурайдылық, шомылыў қағыйдаларына әмел етпеўи, белгиленбеген, қәўипли орынларда шомылыўы айырым кеўилсиз жағдайлардың жүз бериўине алып келмекте.

Нөкис қаласында ҳәм районларда жоқарыда аты аталған хызметлердиң аймақлық бөлимлериниң қәнигелери менен жергиликли ҳәкимликлерден, Жаслар аўқамы, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар дүзилген.

– Суўға кетиў менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселерди таллаў тийкарында профилактикалық илажлар режеси ислеп шығылды,-дейди Айрықша жағдайлар басқармасының аймақларды инженерлик қорғаў ҳәм объектлердиң турақлы жумыс алып барыўын шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы капитан А.Абдиганиев. – Жумысшы топарлар тәрепинен дәрья, канал, көл ҳәм басқа да шомылыў қадаған етилген суў бассейинлеринде пуқаралардың шомылыўына жол қоймаў, халықтың суўға кетиўи менен байланыслы кеўилсиз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша системалы түрде рейд илажлары әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласында ҳәм районларда май-июнь айларында «Республиканың шомылыў бассейнлеринде қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм киши көлемли кемелер ҳәм олар туратуғын базалар (имаратлар)дан қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў» атамасында кеңейтилген тәриздеги көргизбели оқыў-әмелий семинарлар өткерилип, оған жәми 29 техника, 14 кемениң қатнасыўы тәмийинленип, мыңнан аслам пуқаралар қамтып алынды.

Оқыў сабақлары ҳәм семинарларда шомылыў ўақтында қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў, суўға кетип атырған адамды қутқарыў ҳәм биринши медициналық жәрдем көрсетиўдиң тәртип-қағыйдалары бойынша әмелий шынығыўлар өткерилип, қатнасыўшыларға арнаўлы буклет ҳәм еслетпелер тарқатылды.

Буннан басқа, мәўсим басынан халықтың шомылыўы көп бақланатуғын қадаған етилген орынларда (дәрья, канал ҳәм басқа суў бассейнлери) илаж басынан 404 қадағалаўшы белги ҳәм халық көп топланатуғын жерлерге ири өлшемдеги баннерлер орнатылды. 1875 мәрте рейд илажлары өткерилди. Рейдлерде дәрья, канал, көл ҳәм басқа да суў бассейнлеринде 2115 мәрте профилактикалық сәўбетлеcиўлер өткерилип, пуқараларға түсиник жумыслары алып барылды. Соннан, ол жерлердеги 28 мыңнан аслам адамға еслетпе буклетлер тарқатылды. Үгит-нәсиятлаў мақсетинде 364 мәрте семинарлар өткерилип, газета ҳәм журналларға 18 мақала берилди. Интернет тармақларында 579 мақала ҳәм роликлер берилди. Телевидениеден 101, радиодан 585 арнаўлы көрсетиўлер берилип, шығыўлар әмелге асырылды.

Бирақ әмелге асырылып атырған усындай илажларға қарамастан пуқаралардың суўға кетиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң саны көбейген.

Таллаўлар соны көрсетеди, суўға кетиў менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер тийкарынан пуқаралардың жеке қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеўи, спиртли ишимликлерди ишкен ҳалда шомылыўы, өз жанына қастыянлық етиўи, ата-аналардың перзентлерине болған итибарсызлығы себепли жүз бермекте. Ашынарлысы, жәбирленгенлер ҳәм суўға кеткенлердиң көпшилигин балалар ҳәм жас өспиримлер қурамақта. Быйыл пуқаралардың суўға кетиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер 13 ти қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 4 ке (2022-жылда 9) көбейген.

Әлбетте, ҳәр бир инсан жаздың жазийрама ыссысында өзине жақын жердеги каналға ямаса жап-салмаларға барып суўда шомылғысы келеди. Бирақ, шомылыў ўақтында олар шомылыў қағыйдаларына әмел етсе, шомылыў қадаған етилген орынларда шомылмаса, сондай ўақытта ата-аналар да балаларына итибарлы қараса мақсетке муўапық болар еди. Жоқарыда көрсетилгениндей бахытсыз жағдайлардың алды алынған болар еди. Себеби, бундай жағдайлардың алдын алыў ҳәр бир инсанның өзине байланыслы.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги