Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Бердақ атындағы миллий музей, Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы телевидениеси менен биргеликте шөлкемлестирилген Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына бағышланған «Бердақ дәўириндеги билимлендириў орынлары ҳәм тарийхый жер атамалары» темасындағы экспедиция сапары басланды.

 Республикамызға белгили дөретиўшилер, тарийхшы илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, журналистлер, қулласы, бир топар зыялылардан қуралған, Өзбекистан Қаҳарманы, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, археолог Ғ.Хожаниязовтың басшылығындағы экспедиция ағзалары арқа-шығыс тәрепке жол алды. Бизлер минген автокөлик енди-енди қызарып өз уясынан шығып киятырған тиришилигимиздиң тийкары қуяшты күтип алыўға асығыслы талпынғаны сайын, ол да көк жийек бойлап көтерилип алтын нурларын шашып кем-кемнен бизге жақынласыўда…

XIX әсирде жасап дөретиўшилик еткен уллы ағартыўшы шайыр Бердақ халқына, келешек әўладларға өзинен бийбаҳа мийрас қалдырған тарийхый тулғалардың бири болып табылады. Ол өз дәўиринде ҳәр қандай зорлық-зомбылықларға қарсы турып, жәмийеттеги жаман иллетлерди әшкаралап, ели-халқын аўызбиршиликли болыўға шақырады. Ағартыўшылыққа, әсиресе, келешек әўладтың билим алыўы ушын Алла Таала берген өткир тили, қосығы, сөзи менен бар күш-жигерин жумсайды. Бул оның пүткил поэзиялық мийнетлеринде өз сәўлелениўин тапқан.

Экспедицияның гөзлеген мәнзили  исми әпсанаға айланған «Қабақлы ата» қойымшылығы ҳәм онда жерленген Бердақ шайырдың устазы Жийен жыраў, Өтеш шайыр, Омар шайыр, қызы Ҳүрлиман бақсы, ақлығы Қаражан бақсы ҳәм басқа да тарийхый орынлар болып табылады.

Жол бойларында өсип турған қарабарақ, жантақ, жыңғыл ҳәм сексеўиллер бизиң топырағымызға қаншелли жарасықлы ҳәм садық екенин көрип усы шөл өсимликлерине деген рийзашылығың арта түседи.

Әне, теңиз жағасынан бес-алты шақырымдай бериде, жигирма-отыз метрдей бийикликте жайласқан ели-халқы деп өткен қаншадан-қанша инсанларды өз баўырына алып жатырған қумлы төбелик – «Қабақлы ата».

– Әкем Тәжимурат улы Юсуфбек усы қойымшылықта жетпис жылға шамалас ўақыт шыйықшы болды, деп өзин таныстырды шыйықшы Баҳаўаддин Юсуфбек улы. – Әкемниң ҳәм изертлеўши-илимпазлардың айтыўынша «Қабақлы ата»мыздың тийкарғы исми Сипатдин болған. Ол бул жерлерге XVII әсирдиң ақырларында Түркистаннан келген, ислам динин үгит-нәсиятлаўшы ағартыўшы уламалардан болып табылады. Ол үлкен суў қабақ арқалап жүреди екен ҳәм шөлден димары қурыған жолаўшылардың аўзына суў тутып, көп саўап ислеген инсан болған. Әне, сол себептен халық оны соңғылығында «Қабақлы ата» деп атай баслаған. Ҳәзир оның сол кәраматлы суў қабағының сынықлары сиз көрип турған мына гүмбез ишинде сақланбақта. Еле кешегидей көз алдымда, тийкарғы кәсиби балықшылық ҳәм ший-бойра тоқыўшылық болған бул аймақта 1956-1960-жылларға шекем жигирмадан аслам шаңарақ жасайтуғын еди.

«Қабақлы ата» ҳәм теңиз ҳаққындағы әңгимелер ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин толқынландырып-тебирендиргенин олардың жүз-көзлеринен, тарийхшыларға қызығыўшылық пенен избе-из берген сораўларынан билинип турар еди. «Қабақлы ата» гүмбези жанындағы «Шайх қызы» естелигиниң тарийхы да таң қаларлық. Дәреклерге қарағанда он төрт жасында дүньядан өткен гөззал шайх қызы жүзи көринип туратуғын саханаға жерленген болып, ол елиў жыл даўамында мине сол гөззаллығын жойытпаған екен.

Қорқыт ата жол салған қарақалпақ жыраўшылық өнерин бери қарай Соппаслы Сыпыра жыраўдан соң XVIII әсирде Жийен жыраў Аманлық улы даўам еткен. Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында бүгинги Өзбекистан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязовтың басламасы менен Республикалық тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди сақлаў жәмийети тәрепинен жыраўға тикленген естелик экспедиция ағзаларының айрықша дыққат-итибарын тартты.

– Бул жерге 1700-жыллардың орталарында исми әпсанаға айланған Мурат Шайх минген ақ түйеси шөгип, сол ўақыттан баслап усы мәканды қоныс еткен. Кәраматлы әўлийе-уламаларға қай жерге мәкан басыўы Алла Тааладан саза келип ямаса кеўлине салып, минген түйесиниң шөккен жери болған. Усы көз-қарастан бул жерде оқып билим алған көплеген уламалар қазақ далалары бойлап ағартыўшылық жумысларын алып барған. Сондай-ақ, бул кийели топырақта Жийен жыраў, Бердақ бабамыз бенен заманлас Өтеш, Омар шайырлар да өткен.

Соңғы ўақытта Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәдений-руўхый естеликлерди тиклеўге, соның ишинде, туризмди раўажландырыўға үлкен дыққат-итибар қаратылмақта. Усы бағдарда биз республикамыздағы көплеген мәдений-руўхый, туристлик орынларды абаданластырыў бойынша бир қанша илажларды әмелге асырыўға бел байлағанбыз, – дейди археолог Ғ.Хожаниязов.

Экспедицияның дәслеп  «Қабақлы ата» зыярат етиў орнына шөлкемлестирилиўинде үлкен символикалық мәнис бар. Себеби, уллы Бердақ шайырдың қәдемлери тийген бул жерде оның қызы Ҳүрлиман ҳәм ақлығы Қаражан бақсылар және оның менен заманлас Өтеш ҳәм Омар шайырлар да жерленген. Олар усы аймақта жасап, жергиликли халықтың руўхый дүньясының байыўында унамлы тәсир жасаған.

Бердақ бабамыз жасаған дәўирде бул аймақларда бир емес, бир неше тәлим-тәрбия бериў орынлары болған. Солардың бири «Қабақлы ата»дан үш-төрт шақырым шығыста жайласқан Әбдикерим ақун медиресеси.

– Өзиңиз көрип гүўасы болып турғаныңыздай, медиресениң пақсалары жақсы сақланған болып, оның қурылысы 1850-жылларға туўры келеди, – дейди усы аймақта балалығы, жаслығы өткен тоқсан жастағы мақсым ата Нәжиматдин Айымбетов. – Бул медиреседе тек ғана аймақтағы талабан жаслар емес, ал, ҳәттеки, Хийўа, Бухарадан ҳәм Қазақстан далаларынан да Арал теңизинен пароход арқалы келип оқыған.

Медиресениң қурылысына жоқары қалалардан усталардың тартылыўы да соннан шығар. Оның төбесин бастырыўда Ережеп баба қәўендерлик етип, ол қурылысқа келип, төбесин бастырыўға керекли ағаштың есабын алып кетеди ҳәм белгиленгениндей қырық арба ағаш жөнетеди. Бирақ, бир күнлери жуўапкер қурылысшы Ережеп бабаға ағаштың жетпей қалғанын айтып шағынған қусайды. Сонда оның жуўап ретинде айтқан «Аты шыққан ат болса базарда көр, Аты шыққан азаматтың атын мазарда көр», деген терең мәнили сөзлери елеге шекем халық арасында сақланып қалған.

Бул аймақ ескиниң көзин көрген мәканлар менен ағартыўшылық орынларына оғада бай болған. Олардан «Бекпеншен», «Қуламет ақун», «Бекпан ақун», «Жийемурат ақун», әкемиз оқыған «Есеке ахун» медиреселери, «Тербенбес», «Таз басқан елаты», «Ақбеткей», «Айырбақан», «Тайырбақан», «Мерген ата» сыяқлы көплеген тарийхый жер атамалары усылардың қатарына киреди.

Шынында да дерлик еки әсирге шамалас ўақыттан берли сақланып турған медиресе төбесиндеги ағашлар, оның үстине жабылған бойралар, оқыў бөлмелери таң қаларлықтай. Ҳақыйқатында да, бул жерлерде бир гезлери қалың, қурғын ел жасап өткениниң айқын гүўасындай. Өз ўақтында бурқасынлап ағып Арал теңизине қуйып турған усы аймақтағы «Көкөзек»тиң жағаларындағы буннан жүз жылдай бурынғы гөззал тәбиятын, қалың қурғын елатларды көз алдыңа келтирип көрсең, ериксиз бас шайқағаныңды билмей де қаласаң. Бурқасынлап аққан дәрья, еки бойындағы жайлар, шарўалар, балықшылар, келип атырғанлар, кетип баратырғанлар, «Бекпан ахун» медиресеси әтирапындағы жаслар, қулласы қызғын турмыс…

– Бердақ дәўиринде бул аймақларда бир неше мешитлер, медиреселер болған. Солардың бири мине, «Бекпан ахун» медиресеси. Түрли түркий тиллес миллет ўәкиллери менен бирге, басқа да еллердиң 17 жастан 40 жасқа шекемги жигитлерин қамтыған медиреседе Есеке ахун мударрислик еткен. Пақсалары елеге шекем жақсы сақланған медиреседе оқыўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған, соның ишинде, намаз оқыйтуғын (меҳраб), сабақ таярлайтуғын, жатақхана (өжирелер)лар ҳәм китапханалар ушын арналған бөлмелерди көрип турсыз, – дейди тарийх илимлериниң кандидаты Мақсет Қарлыбаев.

– Арал теңизи әтирапындағы мешит-медиреселердиң бәриниң де бай китапханалары болып, олар түрли дәўирлерде ҳәр қыйлы себеплерге бола жоқ болып кеткен. XIX әсирде  бул аймақларға кекилли орыслар шабыўыл жасап, ҳәттеки,  «Қабақлы ата» қойымшылығына от берген. Мешит-медиреселердеги китапларды ўайран етип, айырымларын өзлери менен алып кеткен, деген дәреклер бар. Сондай-ақ, 1933-1934-жыллары Қараөзекти суў басқаны бизге тарийхтан белгили.  Ақыбетинде бул жерде де көплеген жазба дәреклер жоқ болып кеткен.

Ғәрезсизлик жылларында халқымыздың әййемги тарийхын ҳәм бай мәдениятын тиклеў, уллы илимпазларымыз бенен уламаларымыздың илимий, диний ҳәм руўхый мийрасларын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, үгит-нәсиятлаў, муқаддес зыярат етиў орынларын абаданластырыў, жас әўладты олардың ийгиликли дәстүрлери руўхында тәрбиялаў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 24-майда қабыл етилген «Ески жазба дәреклерди сақлаў, изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары әҳмийетли бағдарлама болмақта, – дейди, НМПИдиң аға оқытыўшысы, тарийхшы-илимпаз Оңғарбай Юсупов.

Экспедициядан алған тәсирлеримиз ҳәм үйренгенлеримиз ҳәзирше усылардан ибарат болды. Жасы үлкен уламалардың айтыўына қарағанда «Қабақлы ата»ның муқаддеслиги сонда, оны үш мәрте зыяратлаў, Кәбатуллаға ҳажы сапарына барған менен барабар» екен.  Кәраматлы «Қабақлы ата» аймағы мине, усындай билимлендириў орынлары менен тарийхый жер атамаларына оғада бай болып, олар менен жақыннан танысыўға  бир-еки күн жеткиликсиз, әлбетте.

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги