Орайлық банктиң Ташкент қалалық бас басқармасының баслығы Мажид Тоҳиров Интернет арқалы кең тарқалып атырған 100 мың сумлық банкнотаның дизайни ҳәм сүўретлери бойынша рәсмий баянат берди, деп хабар бермекте UzNews.

Мажид Тоҳиров сүўреттеги банкнота рәсмий емес екенлигин билдирди.

«Бундай мағлыўмат тек ғана Орайлық банктиң рәсмий сайтында жәрияланғаннан соң мағлыўматқа рәсмий деп қараў мүмкин», – деди Тоҳиров.

Ол халықтың арасында усындай өтириклерди тарқататуғын ҳәм қәлбеки банкноталардың сүўретлерин жәриялайтуғын социаллық тармақ пайдаланыўшыларына шара көриў Орайлық банктиң ўәкиллигине кирмейтуғынлығын да атап өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.