Аргентиналы белгили футболшы, ҳәзирги ўақытта БАӘ екинши дивизионы ўәкили «Аль-Фуджайра» клубын басқарып атырған Диего Марадона аяқсыз бала менен футбол ойнады, деп жазады Xabar.uz.

Қазақстанлы жас футбол ықласбенти Әли Әмир социаллық тармақлар арқалы Марадона менен ушырасыў нийетинде екенлигин билдирген еди. Буннан соң Диего оны шынығыўларға мирәт етти.

Аяқсыз бала шынығыўда гол урыў ушын қолларынан пайдаланды. Шынығыўлардан соң Марадона оған саўғалар ҳәм қол таңбасы қойылған футболка саўға етти. Әмир болса қазақ миллий кийимлерин саўға етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.