Жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириўдиң инновациялық моделин енгизиў ҳаққындағы Президент Пәрманының жойбары Бирден-бир интерактивлик мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы жәмийетшилик додалаўына усынылды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Жойбар тийкарынан:

– Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестациялық комиссиясын тарқатыў;

– 2019-жыл 1-январьдан баслап жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириўди өзин-өзи қадағалаў ҳәм еркинлик принциплери тийкарында шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Жойбардың додаланыўы 2018-жылдың 31-майына шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги