Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-июль күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бақлаўшылар миссиясы басшылығында мәмлекетимизде болып турған усы шөлкемниң бас хаткери Сергей Лебедевти қабыллады.

Ушырасыў алдында ҒМДА бас хаткери мәмлекетимиз басшысын Өзбекстан Президенти сайлаўында ерискен исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлап, оған бахыт-ығбал, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў жолында табыслар тиледи.

Сайлаў халықаралық стандартларға сәйкес ҳалда өткени атап өтилди.

Сайлаўшылар қатнасының жоқары дәрежеси ҳәм даўыс бериў нәтийжелери халық әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасын кеңнен қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм оған исениўден дәрек екени айрықша атап өтилди.

ҒМДА шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.

Кейинги жыллары Өзбекстан Дослық Аўқамының 40 тан аслам келисимлерине қол қойды, 24 тараўлық уйымларға қосылды. Күни кеше Ташкентте ҒМДАға ағза мәмлекетлер сайлаў комиссиялары басшылары мәсләҳәт кеңесиниң биринши мәжилиси өткерилди.

Ушырасыўда көп тәреплеме шерикликти кеңейтиўге қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА