Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен телефон арқалы сөйлесиўи даўамында жедел ҳәм системалы сиясий байланысларды даўам еттириў, санаат кооперациясы бойынша биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, исбилерменлик ҳәм гуманитарлық басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Венгрия Бас министри мәмлекетимиз жетекшисин кеше болып өткен мүддетинен алдын Президент сайлаўында ерисилген исенимли жеңис пенен қызғын қутлықлап, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлер жолға қойылған. Усы жылдың март айында Будапешт қаласында Өзбекстан елшиханасы ашылды.
Өз-ара саўда көлеми артып бармақта. Банк-қаржы базарына Европаның «ОТР» банки кирип келди.
Аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, фармацевтика ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда биргеликтеги жойбарлар ислеп шығылмақта. Инвестициялар портфели жәми 1,5 миллиард долларды қурамақта.
Телефон арқалы сөйлесиў ўақтында Ҳүкиметлер аралық комиссия жумысы шеңберинде кооперациялық жойбарларды тезлестириў, гуманитарлық ҳәм тәлим алмасыўларын кеңейтиў бойынша анық илажлар ислеп шығыў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.
ӨзА