Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаевтиң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Қазақстанның биринши Президенти Өзбекстан басшысын күни кеше мәмлекетимизде болып өткен мүддетинен бурын Президентлик сайлаўдағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде бирге ислесиў барлық бағдарларда, соның ишинде, саўда-экономика, инвестиция, энергетика, транспорт-логистика, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларында жедел раўажланып бармақта.

ӨзА