Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Қазақстан басшысы Өзбекстан жетекшисин Президентлик сайлаўдағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлап, оған жаңа табыслар, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық избе-из раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми артып бармақта, әҳмийетли инвестициялық ҳәм гуманитар бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша қоспа жойбарларды және де алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселери бойынша пикир алысылды. Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси де көрип шығылды.

ӨзА