Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Россия жетекшиси мәмлекетимиз басшысын сайлаўда ерисилген исенимли жеңиси менен шын кеўилден қутлықлады.

Айрықша атап өтилгениндей, даўыс бериў нәтийжелери Өзбекстанда мәмлекетти және де жедел раўажландырыў, оның халықаралық абырайын беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар сиясаты халық тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанын және бир мәрте көрсетти.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Жетекшилер өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, товар алмасыў пәтин даўам еттириў ҳәм санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Мәмлекет басшылары исбилерменлер ҳәм аймақлар дәрежесиндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыў, жедел гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин көрсетип өтти.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

ӨзА