Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўинде еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысын кеше болып өткен мүддетинен алдын Өзбекстан Президенти сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлады.

Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлердиң даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан ҳүкиметлер аралық комиссиялардың мәжилислери, транспорт, энергетика ҳәм мәденият министрлериниң ушырасыўлары табыслы өткерилди.

Товар алмасыў көлеми турақлы пәт пенен артып бармақта. Туўысқан халықларымызды жақынластырыўға қаратылған әҳмийетли гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Түркменстан ҳәм Өзбекстан басшылары ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм әмелий шериклик жойбарларын әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

ӨзА