Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев пенен телефон арқалы сөйлесиўинде көп тәреплемели қатнасықларды және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Әзербайжан басшысы мәмлекетимиз жетекшисин Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлап, дос Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўға таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды. Экономикалық күн тәртибиндеги мәселелерди еки мәмлекет ҳүкиметлери дәрежесинде пуқта ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша да пикир алысылды.

ӨзА