Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында Түркменстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын мүддетинен бурын өткерилген Президент сайлаўында ерискен исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлап, туўысқан Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары кейинги жыллары избе-из раўажланып баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда әмелий бирге ислесиў кеңейип бармақта. Парламентлер арасындағы байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир алысты. Болажақ еки тәреплеме илажлар режеси көрип шығылды.

ӨзА