Өзбекстан Республикасы Президенти, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Шавкат Мирзиёев 9-июль күни шаңарақ ағзалары менен бирге Ташкент қаласындағы 59-сайлаў участкасына барып, сайлаўда даўыс берди.

Бизге белгили, усы жылы 30-апрельде болып өткен референдум нәтийжелерине бола, Өзбекстан Республикасы Конституциясы жаңа редакцияда қабыл етилди. Онда ҳуқықый, дүньялық ҳәм социаллық принциплер және де беккемленип, мәмлекеттиң бул бағдардағы миннетлемелери артты. Жаңаланған Конституция мәмлекетлик ҳәкимият алдына жаңа сиясий, социаллық-экономикалық ўазыйпаларды қойды.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы Конституцияның 128-статьясына муўапық, мүддетинен алдын Президент сайлаўын өткериў ҳаққында халқымызға мүрәжат етти. Бул баслама Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетлик белсендилер тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Орайлық сайлаў комиссиясы 4 сиясий партиядан талабанларды дизимге алды. 14 сайлаў округи ҳәм 10 мың 784 сайлаў участкасы дүзилди. Сайлаўда қатнасып атырған барлық талабанларға тең ҳәм еркин шараятлар жаратылды.

Президент сайлаўы мәмлекетимиздиң бүгини ҳәм келешеги, халқымыздың абаданлығына тәсир етиўши әҳмийетли сиясий ўақыя болып есапланады. Пуқаралар оны терең сезинип, сайлаўда белсене қатнаспақта.

Бул процессти 47 мәмлекетлик ҳәм 15 абырайлы халықаралық шөлкемнен жәми 797 халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап бармақта, ғалаба хабар қураллары кең түрде сәўлелендирмекте.

ӨзА