Усы жыл 6-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, қабыл етилип атырған пәрманлар, қарарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында салмақлы жумыслар даўам еттирилмекте. Гезектеги ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен аймақларды  ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.



Илажда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық машақатлы мийнет жолы менен бәршеге үлги болған бир қатар жасы үлкенлер “Ардақлы нураный” көкирек белгиси менен сыйлықланды.



Жоқарғы Кеңес Баслығының Нөкис қаласы көше бийлери менен ушырасыўы 7-июль күни де болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги