Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев орынларда көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде Кегейли ҳәм Бозатаў районларында да ушырасыў өткерди.

Атап өтигениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң тапсырмасы менен халықтың жыллар даўамында жыйналып қалған тәшўишлериниң шешимин табыўда барлық буўындағы басшылар халық пенен тығыз бирге ислесип, “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!” деген принцип тийкарында әмелий жумыслар алып барылмақта.

Бул ушырасыўда да Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар сондай-ақ, республикамыз халқының турмысын жақсылаў бойынша көтерилген бир қатар әҳмийетли басламаларды атап өтти.

Өз гезегинде, көше бийлери ҳәм пуқаралар жыйынларының белсендилери бүгинги күнде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларынан халқымыз миннетдар екенлигин, алдыңғы ушырасыўларда көтерилген мәселелердиң басым көпшилиги арнаўлы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында өз шешимин таўып атырғанлығын айрықша тилге алды. Ушырасыўда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта әлбетте, шешим табылатуғынлығын билдирди.

Ушырасыўда бул бағдардағы ўазыйпалар белгилеп алынды.



Көше бийлери ҳәм пуқаралар жыйынларының белсендилери менен ушырасыў Тақыятас ҳәм Нөкис районларында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги