Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын «Аралықтан электрон декларациялаў»  бажыхана постына пресс-тур ҳәм баспасөз конференциясы өткерилди.

Онда басқарма баслығының биринши орынбасары, бажыхана хызмети полковниги Н.Бердиев «Аралықтан электрон декларациялаў» бажыхана постларының жумыслары, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм ерисилген жетискенликлери, посттағы сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшыларына жаратылған қолайлықлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда бажыхана системасының түп-тийкарынан реформаланыўы нәтийжесинде экспорт ҳәм импортқа бағдарланған жүклердиң бажыхана рәсмийлестирилиўи және қадағалаўы сезилерли дәрежеде әпиўайыластырылмақта.

«Аралықтан электрон декларациялаў» бажыхана постларының шөлкемлестирилиўи сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшыларының артықша ўақыт ҳәм қәрежетлериниң үнемлениўине, сондай-ақ, аралықтан турып заман талапларына сәйкес түрде бажыхана рәсмийлестирилиўин әмелге асырыўына мүмкиншилик жаратпақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-апрельдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып, сол жылы 1-октябрден бажыхана жүк декларацияларын «Аралықтан электрон декларациялаў» (АЭД) бажыхана постларында рәсмийлестириў тәртиби енгизилди. Басқармасы қурамында 2022-жыл ноябрь айынан өз жумысын баслаған «Аралықтан электрон декларациялаў» бажыхана посты бүгинги күнде аймақтағы сыртқы саўда менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине аралықтан турып хызмет көрсетип келмекте.

Көрсеткишлерге итибар қаратсақ, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен 2023-жыл басынан 233,4 млн. АҚШ доллары болған сыртқы саўда жүклериниң бажыхана рәсмийлестирилиўи ҳәм қадағалаўы әмелге асырылды. Соннан, товарлар экспорты 119,6 млн. АҚШ долларын қураса, рәсмийлестирилген 113,8 млн. АҚШ доллары баҳасындағы товарлар импорт есабына туўра келеди. Аралбойы аймағынан есап бериў дәўиринде тийкарынан полиэтилен, ийирилген жип,  фармацевтикалық өнимлер, химия өндириси, артемия цистасы, тоқымашылық өнимлери, ағаш ҳәм тахтай ҳәм басқа да өнимлер дүнья базарларына экспортқа шығарылған.

Металлар ҳәм олардан исленген буйымлар, ағаш ҳәм тахтай, транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклери, технологиялық әсбап-үскенелер, аўыл хожалығы, нефть ҳәм нефть өнимлери, азық-аўқат ҳәм химия өндириси өнимлери сыяқлы товарлар Россия, Қытай,  Қазақстан, Беларусия ҳәм Корея мәмлекетлеринен алып келинип, еркин айланысқа шығарылған.

Әҳмийетлиси, бажыхана уйымларында ен жайдырылған қәўипти басқарыў системасы жәрдеминде бажыхана жүк декларациялары қәўиплилик дәрежесине қарай «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» коридорларға ажыратылыўы және ҳадал исбилерменлик субъектлерине қолланылатуғын «жасыл» коридорларда бажыхана тексериўи әмелге асырылмайды. Ал, «сары» коридорға система жәрдеминде автомат түрде бағдарланған декларациялар болса, әпиўайыластырылған бажыхана қадағалаўынан өткериледи. Тек ғана «қызыл» коридордағы жүклерге бажыхана тексериўиниң қолланылыўы сыртқы саўда операциялары менен шуғылланатуғын ҳадал исбилерменлик субъектлериниң ўақыт ҳәм артықша әўерегершиликлериниң алдын алып, халықаралық тасыўлардың тез ҳәм сапалы әмелге асыўына тийкар жаратпақта.





Жыл басынан Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Аралықтан электрон декларациялаў» бажыхана посты тәрепинен рәсмийлестирилген бажыхана жүк декларациялары ушын жумсалған ўақыт көлеми талқыланып көрилгенде, бир дана экспорт декларациясы ушын орта есапта «жасыл» коридорда 17 минут 40 секунд, импортта болса, тап усы түрдеги декларация ушын алып кирилип атырған товарлардың өзгешеликлери, түри ҳәм муғдарынан келип шығып, 50 минут 24 секундда рәсмийлестирилгенлиги анықланды.

Бажыхана тараўында жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, санлы бажыхананың қәлиплестирилиўи мәмлекетимизде алға қойылып атырған инсан қәдири принципи тийкарында халқымыздың парахат турмыс тәризин тәмийинлеў, мәмлекетимиздиң экономикалық турақлылыққа ерисиўине хызмет етеди.

Илажда 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен елимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўде, тараўда әмелге асырылып атырған унамлы өзгерислер менен жаңаланыўларды, бажыханашылар тәрепинен экспорт, импорт операцияларында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында өткерилип атырған үгит-нәсият илажларын сәўлелендириўде бажыхана уйымлары менен бирге ислесип киятырған бир қатар журналистлер хошаметленип, алдағы ўақытлары да бирге ислесиўди еле де күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.





Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери