Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Робахон Махмудованың исенимли ўәкили Нурлыбай Қайыпбергеновтың Хожели районындағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда талабанның өмир баяны ҳәм сайлаўалды бағдарламасынан орын алған ўазыйпалар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, ҳуқықый мәмлекет қурыў, социаллық әдалатты енгизиў, илим, инновация ҳәм билимлендириў тараўының турақлы өсиўине ерисиў, халықтың саламатлығын ҳәр тәреплеме қорғаў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, қоршаған орталықты қорғаў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың сиясий белсендилигин арттырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар орын алған.

Баслы мақсет – мәмлекетлик басқарыўдың барлық тараўларында, атап айтқанда, суд-ҳуқық системасы ҳәм ҳуқық қорғаў мәкемелериниң жумысында, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў, қурылыс ҳәм басқа тараўларда коррупцияны жоқ етиў.

Илажда шығып сөйлеўшилердиң пикир-усыныслары да тыңланып, бағдарламада билдирилген идеялар ҳәм басламалар қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди ҳәм олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы алдынан Президентликке талабанлардың Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкиллериниң орынларда өткерип атырған үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги